Арал теңизиниң курғап қалған ултанында экосистеманы қайта тиклеў бойынша (ERAS-II) жойбары Өзбекстанлы барлық мәпдар исбилерменлерди «Climate Smart “жасыл” стартаплар ушын бизнес инкубатор» (Бағдарлама) бағдарламасына арза тапсырыўға мирәт етеди. Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар Министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлиги Өзбекстандағы Бағдарламаның миллий шериги есапланады.
Бағдарлама Мойнақ ҳәм Нөкис (Өзбекстан Республикасы, Қарақалпақстан Республикасы) районларында жасыл технологиялар тараўында инновациялық шешимлерди енгизип атырған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың тәжрийбесин арттырыўға қаратылған.
Арза бериўшилердиң жойбарлары Қарақалпақстанның Мойнақ ҳәм Нөкис районлары шәраятына мас келсе, Өзбекстанның қәлеген ўәлаятынан болыўы мүмкин.
Бағдарлама иләжлары 2024-жылдың январь-май айларына шекем гибрид форматта (Қарақалпақстанда онлайн ҳәм жузбе-жуз) өткериледи.
Бизнес-инкубатор финалшылары ең жақсы 3 жойбар ушын мини-грант дәстурине арза тапсырыўлары мүмкин (ҳәр бир жойбар 10 000 долларға шекем грант алыўы мүмкин).
ERAS-II төмендеги тараўларда жумыс алып барыўшы Өзбекстанлы стартап тийкаршыларын Бағдарламада қатнасыўға мирәт етеди, олар: суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация системалары; санлы(цифрлы) аўыл-хожалығы; инновациалық дийханшылық ҳәм агробизнес; аўыл-хожалығында альтернатив энергия дереклери; айланба экономика ҳәм шығындыларды басқарыў; азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў ҳәм қадақлаў; өсимликлерди қорғаў ҳәм ҳайўанларға ғамхорлық қылыў.
Бағдарлама идея басқышында болған ямаса минимал турмыслық өним (MVP) басқышында болған стартаплар менен ислейди. Мумкинлигинше жойбарларды өз өнимлери/хизметлериниң үлкен бизнес потенциалына ийе демо версиясы болыўы керек.
Green Business Innovation, Startup Factory, компаниялары қәнигелери аўыл хожалығы, суў мәселелери, илимий ҳәм ИТ-стартаплар менен ислеў тараўында акселерация программаларын өткериў тәжирийбесине ийе болған менторлар ҳәм акселератор экспертлери ретинде қатнасады.
Қатнасыў ушын төмендеги силтеме арқалы онлайн арза толтырыўыңыз мүмкин: https://docs.google.com/forms/d/e/1FAIpQLSdy1e1pMc-nvKv-o-7hATTcC9vaxVTlFh5UUq-v6cYwfb_p8w/viewform?usp=sf_link
Барлық арза тапсырыўшылар 2023-жыл 15-декабрьге шекем онлайн арзаны толтырыўы керек.
Арал теңизиниң курғап қалған ултанында экосистеманы қайта тиклеў бойынша (ERAS-II) жойбары USAIDтиң суў ресурслары ҳәм қоршап турған орталық бойынша регионаллық жойбары тәрепинен әмелге асырылады.